Gúlsanem  ALLAMBERGENOVA

Gúlsanem  ALLAMBERGENOVA

(1986-jılı tuwılǵan)

 

Gulsanem Allambergenova 1986-jılı 2-iyulda Qaraqalpaqstan Respublikası Nókis qalasında tuwılǵan. 1993-2003-jıllarda Nókis qalalıq  Xalıq bilimlendiriw bólimine qaraslı 23-sanlı ulıwma bilim beriw orta mektebi hám 2-sanlı qánigelestirilgen mektep-internatında 1-9 klasslarda  tálim alǵan. 2003-2004-jılları AQShtıń AKSELS programmasınıń oqıw grantına sazawar bolıp, Amerikanıń Aydaxo shtatınınıń ulıwma bilim beriw orta mektepleriniń birinde bilim alǵan hám oqıwdı tabıslı juwmaqlaǵan.

2005-2009-jıllarda Ózbekstan Mámleketlik Jáhán tilleri universitetiniń ingliz tili filologiyası bóliminde oqıp, bakalavr dárejesine iye bolǵan. Usı jıllarda  universitette tálim alıw menen birge, «Yoshlar» teleradiokanalı jabıq akcionerlik jámiyeti «Davr» xabar baǵdarlamaları bóliminde «Journal» kórsetiwi redaktorı hám baslawshısı sıpatında jurnalistika tarawında óz jumısın alıp bardı.

2009-2010 — jıllarda AQShtıń Fulbright baǵdarlaması grantın iye bolǵan hám pedagogikalıq xızmetin AQShtıń Texas texnologiya universitetinde baslaǵan, ol jerde talabalarǵa ózbek tilinen sabaq bergen. Sonıń menen birge, ol jerde lingvistika tarawı boyınsha oqıp, úlken xalıqaralıq tájiriybege iye bolǵan. Keyin ala pedagogikalıq xızmetin 2010-2012-jıllarda Nókis qalasındaǵı 2-sanlı qánigelestirilgen ulıwma bilim beriw orta mektebinde, 2012-2014-jıllarda Nókis qalasındaǵı 32 — sanlı ulıwma bilim beriw orta mektebinde, 2014-2019-jıllarda 1-sanlı qánigelestirilgen ulıwma bilim beriw orta mektebinde hám 2020-jıldan baslap Nókis qalasındaǵı Prezident mektebinde ingliz tili oqıtıwshısı lawazımında jumıs alıp bardı.

2019-2021-jılları Ájiniyaz atındaǵı Nókis mámleketlik pedagogikalıq institutınıń magistraturasında oqıdı.

2023-jılı «Qaraqalpaq eposlarınıń sırt ellerde úyreniliw máseleleri»  atamasındaǵı filologiya ilimleri boyınsha filosofiya doktorı  (PhD) dissertaciya jumısın  tabıslı qorǵadı.

 

        Ilimiy miynetleri:  Қарақалпақ эпосларының сырт еллерде үйренилиўиниң базыбир мəселелери (дəслепки дəўирлерине  бир нəзер). «Илим ҳәм жәмият» журналы. 2015. №2; Қарақалпақ ҳәм батыс халықлары фольклорында образлар типологиясы. «Билимлендириў, илим ҳәм инновация мəселелери» тўплами. «Илим ҳәм жәмият» журналы. 2015. №2; Қарақалпақ халық дəстаны «Едиге» (генезиси, жанрлық белгилери, миллий версиялар типологиясы ҳәм поэтикасы мәселелериниң узақ-жақын сырт еллерде үйренилиўи тарийхынан). «Илим ҳәм жәмият» журналы. 2015. №3; Түркий тиллес халықлардың аўызеки ҳəм жазба əдебий эпик мийрасларында ортақ мийраслылық типологиясы ҳəм оны үйрениўдиң айырым   əҳмийетли мəселелери. «Қарақалпақ тил билими ҳəм əдебияттаныўы мəселелери» тўплами. «Илим ҳәм жәмият» журналы. 2015.  №3; Шығыс-батыс халықлары фольклорының эпик жанрларын типологиялық салыстырмалы усылда  үйрениў мəселелери. «Илим ҳәм жәмият» журналы. 2015.  №3; Some issues of the study of the karakalpak epos by the comparative-typological method.  «Илим ҳәм жәмият» журналы. 2016. №2; Қарақалпақ эпосларын типологиялық салыстырмалы усылда үйрениўдиң гейпара мәселелери. «XXI аср – интеллектуал авлод асри» шиори остидаги ҳудудий илмий-амалий анжуман материаллари. – Нукус. 2016; Карл Райхл ҳәм қарақалпақ эпослары. «Саламат ана ҳәм бала жылы»на бағышланған «Илим ҳәм тәлим-тәрбия-жәмийеттиң интеллектуал айнасы» мавзусидаги Республика илмий-назарий ва амалий  конференция материaллари. Нукус: НМПИ нашриёти, 2016; Issves on exploring karakalpak eposes in abroad countries. «Қорақалпоғистонда фан ва таълим» журнали. – Нукус. 2017;  Қарақалпақ эпосларының генезисине тийкар  болған сюжетлик мотивлер типолгиясы ҳəм оның сырт ел  алымлары тəрепинен үйренилиўи. «Илим ҳәм жәмият» журналы.  2018. №2; Issves on exploring karakalpak eposes in aroad covntrles (on the of xx and xxi centurles investications on the problem. Евразийсий союз ученных (ЕСУ) Ежемесячный научный журнал №12 (69), 2019. Часть 7; Каракалпакский дастан «Едиге» и «Шарияр» с точки зреннях зарубежнных ученных: некоторые проблемы типологии большевно-собыйтийных сюжетных мотивов. Internation al Scientific Jowrnal Theor etical Applied Spicence №12. 2019; Каракалпакский дастан «Едиге» с точки зрения зарубежных учёных: вопросы проблемы сбора, публикаци изучения. «Илим ҳәм жәмият» журналы. 2020. №2; Әдебий байланыслар, аўдармалар, изертлеўлер-қарақалпақ эпосларын сырт еллерде үйрениўдиң әҳмийетли қуралы сыпатында. «Илим ҳәм жәмият» журналы. 2021. №4; Эпосларды жәҳән илими стандартлары дәрежесинде үйрениўдиң илимий-теориялық тийкарлары. «Илим ҳәм жәмият» журналы. 2021. №4; Қарақалпақ эпосларының сырт еллерде үйренилиўиниң тийкарғы илимий аспектлери анализи. «Илим ҳәм жәмият» журналы. 2022. №1; Қарақалпақ эпосларының сырт еллерде үйренилиўинде халық аралық конференциялардың тутқан орны. «Илим ҳәм жәмият» журналы. 2022. №1;  Қарақалпақ эпосларының сырт ел алымлары тәрепинен үйренилиўиниң жаңа басқышлары. «Илим ҳәм жәмият» журналы. 2022. №2; «Қырқ қыз» дәстанының сырт еллерде үйренилиўи ҳәм көркем аўдарма мәселелери. «Илим ҳәм жәмият» журналы. 2022. №2; «Едиге» дәстанының сырт еллерде үйренилиўи. «Илим ҳәм жәмият» журналы. 2022. №2; Қоблан дәстаны сырт ел илимпазлары нәзеринде. «Жанубий Ўзбекистон фольклори ва шевашунослиги муаммолари» атамасындағы Республикалық илимий-теориялық конференция материаллары. – Тaшкент, 2022;  Г.Вамбери қарақалпақ эпосларын дәслепки жыйнаўшы ҳәм изертлеўшилерден бири.  «O’zbek adabiyotshunosligining dolzarb muammolari» атамасындағы Республикалық илимий-теориялық конференция материаллары. – Ургенч,  2022.